Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң қарақалпақ гуманитар илимлер  илим-изертлеу институтында Орайлық Азиядағы ең ески жазыу сақланбақта.
Бул жазыу б.э.ш. V əсирге тийисли, яғный 2500 жыллық тарийхқа ийе.

1976-1977-жыллары профессор М. Мəмбетуллаев басшылығындағы археолог-илимпазлар топары Үлкен Айбүйир қаланы қазыу пайытында 3 үлкен гүзе тауып алады. Бул гүзелердиң суу хəм дəн сақлау ушын соғылғанлығы анықланады. Гүзелердиң биринде қашап жазылған жазыулар бар екенлиги мəлим болады. Яғный, бойы 1 метр келетуғын отқа қыздырылған гүзедеги Əййемги Хорезмге тийисли бул жазыулар Орайлық Азияда ең ески жазыу сыпатында илимге енгизилген еди.

Илимпазлар усы уақытқа шекем Əййемги Хорезм территориясындағы ең ески жазыу сыпатында Қойқырылған қала [Елликқала районы аймағында жайласқан]да табылған ыдыстағы жазыуды есаплап келген.

Қойқырылған қаладағы бул жазыу болса б.э.ш. ІІІ-ІІ əсирге тийисли арамей жазыуы болып табылады. Кейин ала С.П.Толстов басшылығындағы экспедиция тəрепинен хəзирги Елликқала районы аймағында жайласқан, Əййемги хорезмшахлардың қаласы–Топыраққалада да бизиң эрамыздың ІІІ-ІV əсирлерине тийисли жазыулар табылған.

Үлкен Айбүйирден табылған, Хорезм жазыуының ең əййемги нусқасы деп есапланған гүзедеги жазыуды парсы тили бойынша қəниге, пүткил дүньяға белгили лингвист илимпаз В.А.Ливщиц
<>  деп оқыған, яғный <<11 мари 9х>>. Бул гүзениң сыйымлылығын билдиреди.

<<Мари>> өлшем бирлиги Иранда əййемги ахеменийлер дəуиринен белгили болған. Əййемги дəреклер оны <> деп атаған.
1 мари 16,5-17 литрге туура келген.”9 х” болса 1 мариден азырақ өлшемди билдиреди. Демек гүзениң сыйымлылығы дерлик 200 литрге шамалас.

Гүзени тапқан илимпазлар оны реконструкция етип, ишине суу қуйып көргенде 195,5 литр суу сыйған. Солай етип гүзе сыртындағы жазыу оның сыйымлылығы менен сəйкес келген.

Гүзе бир орыннан екинши орынға көширилген пайытта сынғанлығы себепли хəзирги күнде бул əжайып естелик реставрацияға зəрүр.

Өзбекстан Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлиминде бундай əжайып естеликлердиң мол базасы жаратылған. Лекин, қолайлы көргизбели орын болмағанлығы себепли көпшилик бул естеликлерди көриу имкəниятына ийе емес. Қолымызда бар тарийхый хəм мəдений мийраслардан мақсетли пайдаланыуымыз керек, бул өз гезегинде елимизде туризмди рауажландырыуға өз үлесин қосары сөзсиз.

Алдағы уақытлары Əййемги Хорезм цивилизациясының ошағы болған Қарақалпақстан аймағында археология музейи де бой көтерсе, үлкен сауап иске тийкар салынған болар еди.

By usitc

Leave a Reply

Your email address will not be published. Required fields are marked *